ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ
МИНИСТРЛЕР КЕҢЕСИ
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ
МИНИСТРЛЕР КЕҢЕСИ



Погода
в Нукусе:

Соңғы  жаңалықлар »


18.05.2013
Жәмийет
Музейлер- тарийых айнасы


Халықаралық музейлер күни мүнәсебети менен Қарақалпақстан Республикасында белгили көркем-өнер ўәкиллери, мәденият хызметкерлери, жазыўшы ҳәм шайырлар менен кең жәмәәтшилик ўәкиллери, жаслар ҳәм шет ел мийманлары қатнасыўында ушрасыўлар өткерилип атыр.

16.05.2013
Жәмийет Ўақыялар
Әдебиятқа итибар – келешекке, мәнаўиятқа итибар

Ҳүрметли ўатанласлар!

Ҳүрметли пайтахтымыз мийманлары!

2013-жылдың 23-24 май күнлери Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар орайларында ҳәмде Ташкент қаласындағы Ғафур Ғулам атындағы мәденият ҳәм дем-алыў бағында “Әдебиятқа итибар-келешеке,мәнаўиятқа итибар” ураны астында Республика “Китап байрамы” өткерилди.

16.05.2013
Жаңалықлар
Билимли студентлер беллесиўи

Бердах атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери арасында география пәни бойынша пән олимпиядасы өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим бериў министрлигиниң басламасы менен өткерилген тәдбирде мәмлекетимиздеги барлық жоқары оқыў орынларынан 14 студент қатнасты.

16.05.2013
Жаңалықлар
Жаслардың шеберлиги артпақта


Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районындағы 1-балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың бокс, гүрес, баскетбол, волейбол, футбол, көркем гимнастика, аўыр атлетика, жеңил атлетика, каратэ-до, стол тенниси, дзюдо түри менен турақлы шуғыланып, шеберлигин асырып атырған жаслар мәмлекетимиз көлеминдеги жарысларда сыйлықлы орынларды қолға киргизбекте.

25.04.2013
Мәденият Жаңалықлар
Кишкенелердиң унамлы мәсканы

Нөкис районындағы 6-мектепке шекемги билимлендириў мекемесинде балалардың заманагөй педагогик технологиялар тийкарында тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

24.04.2013
Экономика
Өнимниң сыпаты аспақта

Нөкистеги “KKRАSI Bеton” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде ислеп шығарылған өнимлерге қарыйдарлар көбеймекте.

Бул жерде таярланып атырылған 30 түрли темир-бетон буйымлары үй-жай ҳәм жол қурылысында кеңнен қолланбақта.Олар жергиликли шийки зат- Бекободдаги “Өзбекистан металлургия комбинаты”, Наўайы ўәлиятындағы “Қизилқумцемент” ашық акцианерлик жәмийетлеринен әкелинген цемент, арматура ҳәм тастан таярланып атыр.Бул қарыйдарларға жоқары сыпатлы ҳәм арзан өним жеткерип бериўде зәрүр қолайлылық болмақта.

22.04.2013
Экономика
Агротехникалық тәдбирлериниң сыпаты асып бармақта


Қарақалпақстан Республикасы Амиўдарья районындағы “Дўстлик” альтернативаллық машина-трактор парки аймағындағы 17 фермер хожалығында агротехникалық тәдбирлерди өз ўақтында ҳәм әмелге асырыўда жақыннан жәрдем берип келмекте.

22.04.2013
Экономика
Өним түри ҳам сыпаты артпақта


Жаратыўшылық ислери көлеми кеңейип, заманагөй қурылыс материялларына болған талап барған сайын асып баратырғанлығы себепли Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм аўылларда бул түрдеги өнимниң сатыўға арналған саўда орынлары көбеймекте.

16.04.2013
Мәденият
Тәбият мәўсимлериниң гөззаллыгы

Нөкистеги И.В Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик көркем-өнер музейинде “Жыл мәўсимлери” деп аталған көргизбе өткерилди.

16.04.2013
Мәденият
Жас талантлылар таңлаўы

Нөкистеги 12-балалар музика ҳәм көркем-өнер мектебинде қосықшылар фестивали өткерилди

Ўзбекнаво” эстрада бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен талантлы жасларды излеп ҳәм олардың қоллап-қуўатлаў махсетинде шөлкемлестирилген бул тәдбирде Арал бойының барлық аймақларынан 20 дан зыят ул-қыз өз талантын сынаўдан өткерди.