Аўыл ҳәм Суў хожалығы министрликлериниң жумысы жетилистирилмекте.
Betti PDF ta'rizde ju'klep ali'w (51 Kb)
Versiyasi'
Betti doc ta'rizde ju'klep ali'w (51 KB)
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 17-апрельдеги “Аўыл ҳәм суў хожалығы мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ПП-5418-саны Пәрманы және “Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-3671-санлы қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2018-жыл 21-апрельде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы 316-санлы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы 317-санлы Президиум қарары қабыл етилгенин мәлим етемиз.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Sa'ne: 02.05.2018 10:39, 2559 ma'rte ko'rip shi'g'i'ldi'