Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў квоталары белгили болды
Betti PDF ta'rizde ju'klep ali'w (51 Kb)
Versiyasi'
Betti doc ta'rizde ju'klep ali'w (51 KB)
2018/2019 оқыў жылында Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў бойынша улыўма квоталар белгили болды.
Бул туўралы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-июнде «2018/2019 оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2018/2019 оқыў жылы ушын квоталар бакалавр ушын 69 200, соның ишинде, мәмлекетлик грант бойынша – 17 654 ҳәм төлемли-контракт тийкарында – 51 546 талабан оқыўға қабыл етиледи.
Сондай-ақ, магистрлер ушын 5 903, соның ишинде, мәмлекетлик грант бойынша – 1 552 ҳәм төлемли-контракт тийкарында – 4 351 адам қабыл етиледи.
Арнаўлы сыртқы бөлимлерде болса, бакалаврлар ушын 11 765, соның ишинде, мәмлекетлик грант бойынша – 15 ҳәм төлемли контракт тийкарында – 11 750 етип белгиленди.
Sa'ne: 08.06.2018 10:20, 4701 ma'rte ko'rip shi'g'i'ldi'